Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, район ҳәкимлиги ҳәм бирге ислесиўши хызметлер қатнасында Қоңырат районы “Әжинияз” аўыл пуқаралар жыйынында “Зиянлы шигирткелерге қарсы гүресиў” атамасында арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди.
Дәслеп, зиянлы шигирткелердиң тарқалыўы, олардың өсимликлерге зиянлы тәсирлери ҳәм оларға қарсы гүресиўде қолланылатуғын дәрилерден пайдаланыў бойынша тараў қәнигелери тәрепинен мағлыўматлар берилди.
Буннан соң, белгиленген жер майданға шигирткелерге қарсы қолланылатуғын арнаўлы еритпелер сеўилип, белгиленген тәртипте топырақ ҳәм ҳаўадан үлги сыпатында алынып лабараториялық тексериўлер өткерилди. Ерисилген нәтийжелер бойынша түсиниклер берилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети