Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳимийети

Жынаят ислери бойынша Қоңырат район судының баслығы Е.Бердиев, усы судтың судьясы Т.Турдымуратов, Қоңырат арнаўлы прокуроры Х.Қурбанбаевлардың қатнасында, районлық мәденият бөлими имаратында, Өзбекстан Республикасы Конституциясының жаңа мазмундағы жойбары, Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳимийети, буған тийкар болған зәрүрлик бойынша халықтың арасында үгит-нәсиятлаўға бағышланған ушырасыў болып өтти.


Ушырасыў даўамында сөзге шыққанлар  тийкарғы  нызамымыздыӊ 65 процент тексти халқымыздыӊ усыныслары тийкарында жаӊаланып, Өзбекстан – социаллық мәмлекет деп белгиленип атырғанлығы, ҳеш ким судтың қарарысыз ҳәм нызамға муўапық емес ҳалда турақ-жайынан айырылыўы мүмкин емеслиги, турақ-жайынан айырылған мүлк ийелерине турақ-жайдың баҳасы ҳәм де ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдыннан ҳәм де тең баҳада қапланыўы тәмийинлениўи кепилленип атырғанлығы ҳаққында айтып өтти.

 

Skip to content