Референдум өткериў тәртиби ҳәм оның ҳуқықый тийкарлары түсиндирилди

Өзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конститутциясыны мазмун-мәниси ҳәм усы жылдың 30-апрель сәнесинде өткерилиўи белгиленген референдумның әҳмийетине арналған үгит-нәсият илажы Қоңырат районында белгиленген орынларда болып өтти.

Илажға районға бекитилген  үгит-нәсиятлаў топары ағзалары, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жетекши қәнигеси Б.Бердимуратова, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги бөлим баслығы А.Шариповлар, сондай-ақ район белсендилери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Үгит-нәсият илажы даўамында, бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың барысы, жаңаланып атырған Өзбекстан Республикасы Конституциясының  мазмуны ҳәм ондағы жаңадан киритилип атырған өзгерислердиң әҳмийети ҳәмде Конституциялық нызам жойбары бойынша өткерилетуғын Референдум ҳаққында түсиник жумыслары алып барылды.

 

Skip to content