Көшпели суд

Бүгин пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық судының баслығы Э.К.Ешмуратов тәрепинен Қоңырат районы әдиллик бөлими имаратында көшпели суд мәжилиси өткерилди. Көшпели суд мәжилисинде арза бериўши Қоңырат районы әдиллик бөлиминиң бир қатар пуқаралардың мәпин қорғап берген қайтыс болғанлық фактти белгилеў ҳаққындағы арзалары көрип шығылды.

Мысалы: арза бериўши Қоңырат районы әдиллик бөлими судқа берген арзасында, пуқара Р.А арза менен мүрәжаат еткенлигин, Р.А.ның Ш.Д. атлы перзенти 28.05.1999-жылы туўылып 01.05.2001 жылы қайтыс болғанлығын, бирақ қайтыс болғанлығы ҳаққындағы гүўалық тийисли тәртипте рәсмийлестирилмегенлигин, бөлим тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ПҲАЖ архиви ҳәм районлық ПҲАЖ бөлиминен тийисли жуўмақлар алынғанлығын, Қарақалпақстан Республикасы ПҲАЖ архивиниң мағлыўматнамасында марҳум Ш.Д.ның қайтыс болғанлығы ҳаққындағы акт жазыўы дизимнен өтпегенлиги ҳәм бул бойынша тийисли мағлыўматлар жоқ екенлиги көрсетилгенлигин, Қоңырат районы абаданластырыў басқармасының мағлыўматнамасында марҳум Ш.Дның Қоңырат районы «Қусырық» қойымшылығына жерленгенлиги анықланғанлығын көрсетип, 28.05.1999 жылы туўылған Ш.Д.ның 01.05.2001 жылда қайтыс болғанлық фактин белгилеп бериўди сораған.

Көшпели судта арза бериўши, мәпдар шахс ҳәм үшинши шахстың түсиниклери, гүўалардың көрсетпелери тыңланып, ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берилип, берилген арзалар қанаатландырылды ҳәм пуқаралардың шешилмей киятырған мәселелери унамлы өз шешимин тапты.

Skip to content