Мәҳәлле жәмийеттиң ең тийкарғы ҳәм таяныш буўыны саналады. Сонлықтанда елимизде әмелге асырылып атырған реформалар мәҳәллелерден басланбақта. Мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм “Мениң мәҳәллемде жынаят жүз бермейди” деген идеяны жаслар санасына сиңдириў арқалы ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдардағы жумысларды нәтийжели әмелге асырыўда мәҳәлле системасы хызметкерлериниң орны әҳмийетли саналады.
Усы тийкарда бүгин Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында район ҳәкими Б.Мадаминов басшылығында мәҳәллелерде жүз бериўи мүмкин болған жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мәселелерине арналған жыйналыс болып өтти. Жыйналысқа Өзбекстан Республикасы ИИМ академиясы Кафедра баслығы орынбасары, подполковник М.Мўминов, районлық сектор басшылары, профилактика инспекторлары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери, жаслар жетекшилери қатнасты.
Жыйналыста усы жылдың биринши шереги даўамында жүз берген жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлар додаланып, мәҳәллелер кесиминде үйренип шығылды. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң 2023-жыл 30-март күнги “Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле” принципи тийкарында республика мәҳеллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў механизмлерин белгилеў ҳаққында”ғы қоспа қарарының мазмун-мәниси түсиндирилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети