Мүбәрек рамазан айында саўаплы ислер

2023-жыл 24-март күни Қоңырат районы 1-сектор аймағына қараслы «Тарақлы» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқаралар ушын ифтарлық (аўызашар) дәстурханы жайылды.

Иләжға районлық “Ҳәким Сулайман” жоме мешити имамы Р.Умаров, Диний комитет районлық қәнигеси Ю.Қалекеев ҳәм оразадағы нураный ата-аналарымыз қатнасты. Бунда, сөзге шығып сойлеўшилер бәрше қатнасыўшыларды мүбәрек рамазан айы менен қүтлықлады.

Имамымыз тәрепинен елимиздиң тынышлығы ҳәм пәраўанлығы ушын қуръан сүрелери оқылды. Жыйналғанлар бундай саўаплы ислер ушын Президентимизге өзлериниң шексиз миннетдаршылықларын ҳәм шүкираналықларын билдирди.

 

Skip to content