Бүгин Наўрыз байрамына арналған салтанатлы илажлар районымыздың “Рәўшан” АПЖда даўам етти. Быйылғы Наўрыз байрамында Рәўшанлылар қос қуўанышқа бөленди. Аймақ турғынлары ҳәм қәўендерлердиң жәрдеминде қурылысы басланған жасыл қапламалы мини футбол майданшасының қурылысы да толық жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.
Байрам салтанатын район ҳәкими Б.Мадаминов ашып берип, аймақ турғынларын спорт майданшасының ашылылыўы ҳәм Наўрыз байрамының кирип келиўи менен қызғын қутлықлады.
Байрам салтанаты арқан тартыс, палўанлар гүреси сыяқлы миллий спорт ойынлары, миллийн кийимлер ҳәм миллий тағамлар көргизбелери менен даўам етти. Спорт ойынлары жеңимпазлары ҳәм жасыл қапламалы спорт майданшасының қурылысына салмақлы үлес қосқан белсендилер район ҳәкимлиги тәрепинен мүнәсип сыйлықланып, баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети