Мәмлекетимизде имкәнияты шекленген ҳәм жасаў шәраяты аўыр шаңарақларды руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Усы мақсетте Қоңырат районы аймағында жасаўшы жәрдемге мүтәж 6 пуқара ҳәм мойнақ районынан 8 пуқараның Умра зияратына барыўы ушын жәрдем көрсетилди.
Диний комитет Қоңырат районы бас қәнигеси Ю.Қалекеев ҳәм “Молла Исхақ” мешити имамы Р.Казаковлар пуқараларға ақ жол тилеп, Ташкент қаласына шығарып салды