Бүгин пайтахтымызда футбол бойынша Про лига-2023 ойынларының 2-тур ушырасыўы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасыныӊ «Арал» командасы ҳәм Әндижан ўәлаятыныӊ «Андижан СГС» командасы майданға түсти.
Ойынды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев барып тамашалады.
Ойында есап дәслеп мийманлар тәрепинен ашылған болса, кейин ала «Арал» командасы ойын дизгинин өз қолына алды ҳәм есапты теңлестирди.
Атап өтиў керек, Про Лига ойынлары 1-лига ойынларынан ана ғурлым парқ қылады. Онда қарсылас командалардың да шеберлиги бир қанша жоқары, таярлықлары да күшли. Деген менен бүгинги ойында командамыз өзлериниң бар күш-жигерин жумсап, шын мәнисинде майданда өзлерин көрсете алды.
Кескин беллесиўлерге бай болған ойын жуўмағында 3:2 есабында командамыз жеңиске еристи.
Соныда айрықша атап өтиў керек, футбол бойынша өткерилген U-20 Азия кубогы жарысларында жерлесимиз, қарақалпақстанлы Жавохир Утемуратовта мүнәсип қатнасып, футболшыларымыздың тарийхый жеңисине өз үлесин қосқан еди.
Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Футбол бойынша U-20 Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Жавохир Утемуратовқа «Үмит ушқыны» көкирек белгиси ҳәм 50 млн. сум қаржылай сыйлық, Өзбекстан сайланды командасы ағзасын тәрбиялап, таярлаған устазы, Нөкис қаласы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң футбол бойынша тренер-оқытыўшысы Бектурсын Қанназаровқа «Ўатан пидайысы» көкирек белгисин салтанатлы түрде тапсырды.
Қуўаныш үстине қуўаныш келип бүгин футбол ықласбентлери, халқымыз ушын өзгеше күн болды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети