Қоңырат районында “Абат аўыл” мәмлекетлик дәстүри тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған медиа тур шөлкемлестирилди. Өткерилген Медиа турға Қоңырат районы қурылыс бөлим қәнигелери, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Медиа тур даўамында қәнигелер тәрепинен “Абат аўыл” бағдарламасы тийкарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелер бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 25-октябрь күни “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарары тийкарында мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаўға
бюджеттен жәми 28.1млрд сум қаржы ажыратылған болып, қурылыс-оңлаў жумыслары жуўмағында 11,43 км пиядалар жолы, 61,3 км ишки жоллар қайта реконструкция қылынады. Сондай-ақ, 310 дана түнги жақтыландырыў шырақлары орнатылады.