Қадағалаў тахташасы яки жасаў шәраяты аўыр хожалықларға қандай жәрдемлер көрсетиледи?…

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги “Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шәраятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында”ғы 52-санлы қарары қабыл етилген еди.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының тапсырмасына муўапық Қоңырат районында төбе бастырмасы шиферланыўы лазым болған 934 хожалық анықланып, соннан 326 хожалық жасаў шәраяты аўыр, 45 турақ жай жарамсыз ҳалға келген қайта бузып қурылатуғын турақ жайлар саналады.

Бүгин Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминов  1-сектор аймағындағы жасаў шәраяты аўыр хожалықлар ҳалынан хабар алды ҳәм оларға қадағалаў тахташаларын тапсырды.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Skip to content