8-март “Халықаралық ҳаял-қызлар күни” мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы болып өтти

Қоңырат районындағы пайызлы орынларлың биринде 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен байрам салтанаты  өткерилди. Онда районымыздың аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан келген нураный аналар, жәмийетлик турмыста белсендилик көрсетип атырған ҳаял-қызлар, кәрхана ҳәм мәкемелер ўәкиллери қатнасты.


Илажда Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминов қатнасып, район ҳаял-қызларын байрам менен қутлықлады.

Салтанатлы илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилиги, өзлериниң жоқары нәтийжели мийнети менен ажыралып киятырған бир топар ҳаял-қызларымызға Қоңырат районы ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «Ҳүрмет жарлығы» тапсырылып, естелик саўғалары берилди.

Илаж районлық мәденият бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Skip to content