Турақлы комиссия мәжлиси болып өтти

 

Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде:
– Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң 2022-жыл 30-декабрьдеги “Қоңырат районы жергиликли бюджетиниң 2023-жылғы параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы VI-52-11-13-185-K/23-санлы шешимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў ҳаққында шешим қабыл етилди.

Skip to content