Үлгили жазылыўшылар хошаметленди

Бүгин Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминде “Avangard baspa” баспасы жәмәәти ҳәм бөлим хызметкерлери қатнасында руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Онда Республикалық бөлимниң бас кәнигеси Н.Шынназаров, баспа директоры И.Сержанов, шайыр Ə.Қайыпов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, халкымыздың, әсиресе өсип киятырған жас әўладтың руўхый дүньясын байытыўда китапқумарлықтың, соның ишинде газета-журналлардың тутқан орны ҳаққында кең сөз етти. Бул бағдарда Республикалық бөлим ҳәм “Avangard baspa” баспасы менен биргеликте шөлкемлестирилген “Зия нуры” журналының әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, журналдың шөлкемлестирилгенине онша көп ўақыт болмаған болса да, бүгинги күнде басылымға жазылыўшылар саны артып бармақта. Əҳмийетлиси, оның сапасы ҳәм онда берилип атырған дөретпелер көпшиликтиң дийдиненен шықпақта.

Илаж соңында журналға жазылыў мапазын дурыс үгит-нәсиятлап, ықтыярлы жазылыўды шөлкемлестирип киятырған Орайдың Мойнақ, Қоңырат ҳәм Нөкис районлық бөлимлерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен миннетдаршылық билдирилип, оларға естелик саўғалар – китаплар гүлдәстеси тапсырылды.

Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими

Skip to content