Бүгинги күнде пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў ҳәм машқалаларын сапластырыўда орынларда сектор басшылары тәрепинен өткерилип атырған көшпели қабыллаўлардың әҳмийети артып бармақта.
Бүгин, районлық 4-сектор баслығы Б.Абатовтың “Наўайы МПЖ аймағындағы 36-мектепте пуқаралар ушын нәўбеттеги көшпели қабыллаўы болып өтти.
Қабыллаў даўамында пуқаралар бәнтлик, жеңиллетилген кредитлер алыў, исбилерменликти жолға қойыў, ишки жолларды реконструкциялаў, электр бағаналарын орнатыў ҳәм аймақты электр энергиясы менен тәмийинлеўши трансформаторды жаңасына өзгертиў сыяқлы мәселелер бойынша мүрәжат етти.
Айырым мүрәжатлар сол орынның өзинде шешилген болса, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкер қәнигелерге анық тапсырмалар берилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети