Hoja.uz телеграм каналында Қоңырат районындағы қәнигелестирилген мектеп интернаты ҳаққында пуқара мүрәжаты тийкарында “Ўәделер…ўәделер..және ўәделер..” атамасындағы сын мақала жәрияланды. Бул бойынша Қоңырат районы ҳәкимлиги төмендегилерди мәлимлейди:
Мүрәжатта көрсетилгениндей, ҳақыйқатында да оқыў жылы басында ата-аналар менен ушырасыў өткерилип, тийисли уйымлар тәрепинен жатақхана, асхана, ыссы аўқат, инвентаризация ҳәм басқада шараятлар менен басқышпа-басқыш тәмийинлениўи атап өтилген.
Қоңырат районы қәнигелестирилген мектеп интернаты Өзбекстан Республикасы “Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы қәнигелестирилген мектеплер тармағын кеңейтиў ҳаққында”ғы 2022-жыл 14-апрельдеги ПФ-106 Пәрманына муўапық Қоңырат районы 2-санлы кәсип-өнер мектеби оқыў имаратында шөлкемлестирилген. Мектеп интернаты 690 орынға мөлшерленген болып, Ҳәзирги күнде 313 оқыўшы тәлим-тәрбия алып келмекте. Мектеп интернатда қурылыс жумыслары ООО “KOMMUNAL REM STROY” қурылыс кәрханасы тәрепинен әмелге асырылған болып, 2022-жыл 5-сентябрь күни пайдалыўға тапсырылды.
Қурылыс оңлаў жумыслары ушын Қарақалпақстан Республикасы бюджетинен 1,5 млрд сум қаржы ажыратылыўы белгиленген болып, соннан белгиленген қаржының 30% қурылыс кәрханасына өткерилип берилген ҳәм қурылыс оңлаў жумыслары 100% ке орынланған.
Соның менен бирге мектеп интернатының оқыўшылар турар жайы 100 орынға мөлшерленген болып, турар жай иске түсирилиўи менен оқыўшылар белгиленген тәртипте жатақхана ҳәм азық-аўқат пенен тәмийинленеди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Қеңесиниң 2022-жыл 28-ноябрьдеги 992-санлы Президиум Қарары тийкарында Нөкис қаласы ҳәм Қоңырат районы қәнигелестирилген мектеп интернатлары, Тақияташ, Төткул, Тахтакөпир ҳәм Нөкис районлары қәнигелестирилген мектеплерин зәрүрли мебель үскенелери менен тәмийнлеў ушын 5 799 683 300 ( бес миллярд жетти жүз тоқсан тоғыз миллион алты жүз сексен үш мың сум) қаржы ажыратылған ҳәм инвентарларды алып келиў ҳәм орнатыў усы жылдың март айына белгиленген.
Мектептиң ысытыў системасы ескириўине қарамастан (2003-жылы қурылған) имкәнияттан келип шыққан ҳалда класс ханаларын ысытыў илажлары толық көрилмекте ҳәм барлық класс ханаларындағы жыллылық 18-20 градус әтирапында болыўы тәмийинленген.
Оқыў процесси 1 сменада алып барылған болып, оқыўшылар 2-сменада дөгерек жумыслары ҳәм қосымша шынығыўлар алып барылыўы себепли, ата-аналар комитети менен өз-ара келисилген ҳалда ҳәм өзлериниң разылығы тийкарында ата-аналар оқыўшылардың түслик аўқатларын гезек пенен алып келмекте.
Мектеп муғәллимлериниң билим бериў сапасына тоқталып өтетуғын болсақ, мектепте жоқары мағлыўматлы 26 педагог хызметкерлер оқыўшыларға тәлим-тәрбия берип келмекте. Барлық педагог хызметкерлер 3 басқышлы сынаўлардан өткерилип, жумысқа қабыл етилген. 2022-жылы август-декабрь айларында болып өткен пед-аттестациядан 3 оқытыўшы жоқары категорияға, 15 оқытыўшы биринши категорияға ҳәм 6 оқытыўшы екинши категорияға өтиўге еристи. Мектептеги шет тили оқытыўшыларының барлығы миллий ҳәм ҳалықаралық сертификатларға ийе.
Бүгинги күнде оқыўшыларды баҳалаў барысы қағаз журналлар жәрдеминде әмелге асырылмақта. Шереклик сумматив баҳалаў сораўларына берилген жуўап бетлери Ташкент қаласына жиберилип, инсан факторысыз арнаўлы қурылмалар жәрдеминде тексериледи.
Усы орында Қоңырат районы ҳәкимлиги оқыўшылардың билим алыўына бийпарўа болмаған бәрше ата-аналарға, белсендилерге ҳәм hoja.uz телеграм каналы админстрациясына миннетдаршылық билдирип, оқыўшылардың билим дәрежесин жақсылаўға байланыслы ҳәр қандай мәселеде бирге ислесиўге тайын екенлигин билдиреди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети