Қабыллаў
Инсан қәдри ушын
Бүгин Абу Али ибн Сино атынағы жәмийет саламатлығы техникумында барлық сектор басшылары пуқаралар мүрәжатларын тыңлады.
Қабыллаўға район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ж.Сейтмуратов ҳәм сектор басшылары, тийисли мәкеме-шөлкем басшылары қатнасты.
Қабыллаў даўамында медициналық жәрдем ҳәм бәнтлик сыяқлы бир қанша мәселелер бойынша мүрәжат етти.
Мүрәжатлардың айрымлары сол орынның өзинде шешимин тапқан болса, үйренип шығылыўы ушын қосымша ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша тийисли тараў басшыларына анық тапсырмалар берилди
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети