Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов ҳәм Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри С.Турмановлар Қоңырат районында болды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, Жоқарғы Кеңес депутаты Ш.Өтемисов ҳәм Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри С.Турмановлар хызмет сапары менен Қоңырат районында болды. Дәслеп районымыздағы Баркамал аўлад балалар мектебинде болып, мәҳәллелерде хызмет етип атырған хызметкерлер, аймақ турғынлары ҳәм орай қәнигелери менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында Баркамал әўлад балалар орайының дөгерек басшысы Ө.Есемуратовқа республикалық ҳәм халықаралық масштабта  өткерилген жарысларда ерискен жоқары нәтийжелери ушын “Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы” көкирек белгиси тапсырылды.

Сондай-ақ, Темир жол мәкан пуқаралар жыйыны ақсақалы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм жаслар жетекшилери тәрепинен 2022-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳәм алдағы режелери бойынша есабатлары тыңланды. Мәҳәлле хызметкерлериниң есабатлары тийкарында пикир ҳәм усыныслар билдирилди.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Ш.Өтемисов ҳәм Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри С.Турмановлар Алтынкөл ППЖ аймағында болып, кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алды. Олардың мүрәжатларын тыңлап, азық-аўқат өнимлерин ҳәм қысқы кийим-кеншеклерди тапсырды.

Соның менен бирге, Қоңырат районы ХББ не қараслы 39-санлы улыўма билим бериў мектебиндеги оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысып, мектеп оқыўшылары менен жақыннан сәўбетлести.

Skip to content