Пуқаралардың турмыслық машқалаларын өз ўақтында сапластырыў, халық пенен ашық ҳәм туўрыдан-туўры байланысты күшейтиў бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпасына айланбақта.Қоңырат районы ҳәкиминиң биринши орынбасары Ж.Сейтмуратов ҳәмде тийисли шөлкемлер қатнасыўында бүгин Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумында көшпели қабыллаў болып өтти.
Онда тийкарынан физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ машқалалары, олардыӊ мүрәжатлары тыӊланды. Көшпели қабыллаў реже тийкарында басқа мәҳәллелерде даўам етеди.