Көшпели қабыллаў болып өтти

Мәмлекетимизде Инсан қәдири ушын  деген идеяда әмелге асырылып атырған реформалар пуқаралардың турмыс шараятларын жақсылаўға, олардың бүгинги күнинен разы болып жасаўына хызмет етпекте.


Усы мақсетте 1-сектор аймағында жайласқан “Кийет” АПЖда көшпели қабыллаў болып өтти. Қабыллаўға район ҳәкиминиң орынбасары А.Сейтмуратов, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы Е.Турдымуратов сондай-ақ мәкеме-шөлкем басшылары қатнасты.

Қабыллаў даўамында пуқаралар мүрәжаты тийкарында ишки көшелерди ислеў, бәнтлик мәселеси, материаллық жәрдем  мәселеси бойынша қабыл етилип, мүрәжатлардың басым көпшилиги сол орынның өзинде тийисли тараўлар менен биргеликте үйренилип шығылды.

 

Skip to content