(Qaraqalpaqsha) Rayon hákiminiń jeke qabıllawı ótkerildi

Бүгин 1-сектор штабында Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың пуқаралардың мүрәжатларын үйренип шығыў мақсетинде жеке қабыллаўы өткерилди.

Қабыллаў даўамында пуқаралардың түрли турмыслық мәселелерге байланыслы болған бир қатар мүрәжатлары қабыл етилип, пикир-усыныслары тыңланды.


Айырым мүрәжатлар бойынша тараў қәнигелери тәрепинен мурәжат ийелерине түсиниклер берилди. Шешилиўи ушын ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша район ҳәкими тийисли тараў қәнигелерине анық тапсырмалар берди ҳәм мүрәжатлардың үйренилиў процесси район ҳәкиминиң  қадағалаўында болатуғынлығын атап өтти.

Қоңырат  районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Skip to content