Пиротехника буйымларын алып кирген шахс усланды

Ҳуқықбузыўшы Д.Х. 2022-жыл 26-ноябрь күни, саат 19:50лерде, Россия Федерациясынан 329-сонли “Волгоград-Куляб” жѳнелисиндеги жолаўшы поездиниң 13-санлы вагонында Ѳзбекстан Республикасы аймағына кирип келип, бажыхана хызметкериниң аўызеки сораўында мәлим етпестен, жүк-гүзетиў ҳүжжетлеринде кѳрсетпестен ҳәмде жолаўшы бажыхана декларациясында жазып кѳрсетилмеген, Ѳзбекстан Республикасына алып кириў қадаған етилген пиротехника буйымларын Ѳзбекстан Республикасына алып киргенинде бажыхана хызметкерлери тәрепинен иркилген.

Д.Х өзиниң бул ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 1851-статьясында нәзерде тутылған ҳуқықбузыўшылықты ислеген. 2022-жыл 23-декабрь күни жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды тәрепинен ҳуқықбузыўшы Д.Х.ниң қарсысына болған бул ҳуқықбузарлық иси көрип шығылып, ҳуқықбузыўшы Д.Х.ниң бажыхана хызметкериниң аўызеки сораўында мәлим етпестен, жүк-гүзетиў ҳүжжетлеринде кѳрсетпестен ҳәмде жолаўшы бажыхана декларациясында жазып кѳрсетилмеген, Ѳзбекстан Республикасына алып кириў қадаған етилген пиротехника буйымларын алып киргендеги айыбы суд мәжилисинде толық тастыйықланды.

Суд тәрепинен ҳуқықбузыўшы Д.Х Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 1851-статьясында нәзерде тутылған ҳуқықбузыўшылықты ислегенликте айыплы деп табылып, суд тәрепинен нызамлы шара қолланылып, алып кирген пиротехника буйымлары тийисли тәртипте жоқ етиўге қаратылды.

 

 

Е.Бердиев

Жынаят ислери бойынша

Қоңырат районы судының баслығы

 

Skip to content