Мунәсибет

Қоңырат районы Ѳрнек АПЖ хаял-қызлар белсендиси Айтекова Зияда Тангирбергеновна

Ѳзбекстан деп аталған үлкен ҳәм татыӯ шаңарақтың ҳәр бир ағзасы тыныш ҳәм пәраӯан ѳмир кешириӯи ушын зәрүр шәраятлар жаратыӯ ушын баршемиз тынымсыз харекеттемиз. Жуӯмақланып атырған 2022 жыл жүдә сынаӯлы жыл болды. Ѳткен дәӯирде топлаған тәжрийбемиз бир ҳақыйқатты айқын дәлийллеп бермекте: раӯажланыӯ- текғана қүдиретли мийнет арқалы болады.  Ѳзбекстан Республикасы президентиниң халқымызға жоллаған мүрәжатында мәҳәллелерге айрықша тоқталып ѳтти. Атап айтқанда: Ҳәр бир мәҳәлле ѳзиниң мәселесин жеке түрде шешиӯи ушын келеси жылдан баслап «Мәҳәлле бюджети» системасын енгизиӯин айтып ѳтти. Келеси жыл 1-январдан баслап ҳәр бир ӯалаяттың бир районында тәжрийбе тийкарында ҳалықтың мал-мүлк ҳәм жер салығын ѳндириӯ мәҳәллениң ѳзине ѳткерилиӯи де белгилеп ѳтилди. Бунда ѳндирилген мал-мүлк ҳәм жер салығы мәҳәлле бюджетинде қалдырылады.Әлбетте ҳүрметли президентимиздиң бундай қарары нәтийжесинде мәҳәллелеримиздеги қаншадан-қанша шешимин күтип турған мәселелердиң  мәҳәллелерден шықпаған ҳалда имканиятлардан келип шығып сол жердиң ѳзинде унамлы шешим табыӯына себеп болады.Пуқараларымыздың мәселеси тез ҳәм унамлы шешим табыӯы ушын қолымыздан келгенше ҳәрекет қыламыз. Ѳйткени халқымыз ѳмириндеги унамлы ѳзгерислерди ертең ямаса жақын келешекте емес, бәлким бүгин кѳриӯди қәлейди! 

Skip to content