Қызылша, қызамық жүдә жуқпалы болып есапланады. Айырым адамлар бул кеселликти арзымас таспа ҳәм ысытпа менен өтип кететуғын кеселлик деп ойлайды. Қызамық 5 жасқа шекемги балаларда қәўипли асқыныўларды келтирип шығарыўы мүмкин.
Қызамык кеселлиги менен аўырған адам отырған бөлмеде, кесел адам шығып кеткеннен кейин 2 сағат аралығында усы бөлмеге кирген адам өзине кеселликти жуқтырыўы мүмкин.
Әсиресе, қызамық кеселлиги менен аўырған адам кеселликтиң белгилери шықпай турып, яғный 4 күн алдын ҳәм қызамық таспасы пайда болғаннан кейин 4 күн даўамында кеселликти басқа адамларға жуқтырыўы мүмкин.
Кеселликтиң белгилери: ысыллыктың көтерилиўи, жөтел, мурын ағыўы, кѳзлердиң қызарыўы, көзден жас ағыўы, коньюктивит, таспалардың пайда болыўы менен характерленеди. Кеселлик белгилери пайда болғаннан соң, айырым адамларда пневмония ҳәм энцефалит мий қабығының исиниўине усаған аўыр асқыныўларды келтирип шығыўы мүмкин, ҳәттеки өлимшилик жағдайлары жүз бериўи гүзетиледи.
Қызамық кеселлиги менен аўырған ҳәр 20 баладан биреўи пневмония менен аўырады. Бул жағдай жас балаларда қызамық кеселлигиниң асқыныўлары натийжесинде балалардың өлимшилигине алып келетуғын себеп есапланады.
Қызамық кеселлиги менен аўырған ҳәр 1000 баладан биреўи энцефалит кеселлиги менен кеселленеди. Бул кеселлик балаларда көз көриў қәбийлетиниң жоғалыўы ҳәм ақылы зайыплылыққа алып келиўи мүмкин.
Қызамық кеселлиги менен кеселленген ҳәр 1000 баланың 1/3 еўи дем алыў жоллары ҳәм неврологик асқыныўлар нәтийжесинде дүньядан көз жумады.
Қызамыққа қарсы вакцина алмаған жүкли ҳаялларда мүддетинен алдын жәнеде кем салмаққа ийе баланың туўылыўына алып келеди.
Қызамық кеселлиги елеге шекем дүнья жүзиниң барлық жеринде кең тарқалған. Сиз шет еллерге саяхат қылмасаңызда жәмийетимиздиң ҳәр қандай жеринде бул кеселликти жуқтырыўыңыз мүмкин.
Себеби қызамыққа қарсы емленбеген, шет еллерге барып келген пукаралар өзлери бул кеселликти жуқтырып алып келиўи мүмкин.
Қызамық кеселлигиң арнаўлы емлеў усылы жок. Тек ғана кеселликтен сақланыў усылы «Кызамык, паротит, кызылша» кеселлигине қарсы вакцина менен шаншыў өткериў болып есапланади. Бул вакцина миллий емлеў календарына киритилген.
Миллий емлеў календары тийкарында перзентлериңизди емлетпесеңиз олардың ден-саўлығын қәўипке қойған боласыз. Перзентлериңиздиң ден-саўлығын сақлаўға бийпарўа болмаң!
К.Нураддинова
Қоңырат районы санитария
эпидемиологиялық тынышлығы
ҳəм жəмийет саламатлығы бѳлими
Эпидемиолог шыпакери