Халық депутатлары  Қоңырат  районлық Кеңесиниң Мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик уйымларда ашықлықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының нәўбеттеги мәжилиси болып өтти

Халық депутатлары  Қоңырат  районлық Кеңесиниң Мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик уйымларда ашықлықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының нәўбеттеги мәжилиси болып өтти.

Мәжилис даўамында  θзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-408-санлы Қарары тийкарында түсиник берилди.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша комиссия ағзалары ҳәм де Президент Қарарында белгиленген жойбарлардың өз мүддетлеринде ҳәм сыпатлы әмелге асырылыўын қадағалаў мақсетинде бириктирилген районлық Кеңес депутатлары өзлериниң пикирлерин билдирип алдағы ўақытларда ислениўи тийис болған иләжларға тоқталып өтти.

Мәжлис соңында ПҚ-408-санлы Қарары тийкарында турақлы комиссия тәрепинен алдағы ўақытларда әмелге асырылатуғын жумыслар ҳәм ўазыйпалар белгиленип алынды ҳамде амелге асырылып атырған жумысларды социал тармақлардан ҳамде районлық веб-сайтлардан кең жарытылып барыў ҳаққында тапсырмалар берилди.

Skip to content