Психологиялық тренинг

Қоңырат районы ИИБ баслығы орынбасары майор С.Жарылкагановтың басламасы менен Пробация топарында қадағалаўда турған, жаза мүддетин өтеп атырған шахслар ушын психологиялық тренинг өткерилди.

Тренингди өткериўден тийкарғы мақсет Пробация топарында қадағалаўға алынып, жаза мүддетин өтеп атырған шахслардың руўхый жағдайын анықлаў, оларға психологиялық жәрдем көрсетиў ҳәм қайта жынаятқа қол урыўының алдын алыў саналады.

Тренинг даўамында психодиагностик методлардан пайдаланған ҳалда 14 шахстың психологиялық портрети дүзилди. Тренинг Қоңырат районы ИИБ ҲПБ ЖӨМБ инспектор психологлары ҳәм пробация топары аға инспекторлары менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content