Қоңырат районы халық билимлендириӯ бөлимине қарасмлы 53-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде жас әўладты руўхый бәркамал етип тәрбиялаў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўди шөлкемлестириў, көркем өнерге, спортқа, мәлимлеме технологияларына, китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў бойынша 5 әҳмийетли басламаны ғалаба үгит-нәсиятлаў, жаслардың хабардарлығын арттырыў мақсетинде «Бес баслама – бес имканият» атамасында илаж өткерилди.
Илажға Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси секретариат баслығы Б.Ўәлибаева, Қоӊырат районы ҳәкиминиң тил мәсәлелери бойынша мәсләхәтшиси Р.Айбергенова ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими баслығы Ж.Өсербаев қатнасты.