Қоңыратта шаңарақлық шыпакерлик пункти ашылды

Кейинги жыллары елимизде саламат турмыс тәризин ен жайдырыўға ҳәм бул арқалы пуқаралардың ден саўлығын беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Бунда орынларда шөлкемлестирилип атырған медицина орынларының әҳмийети жоқары саналады.

Бул бағдарда Қоңырат районында да үлкен өзгерислер жүз бермекте. Бүгин районымыздағы “Әжинияз” АПЖ аймағында жаңадан толық оңлаў жумыслары алып барылған “Әжинияз” шаңарақлық шыпакерлик пунктиниң салтанатлы түрде ашылыў мәресим болып өтти.

Оған Қоңырат район прокуроры Ж.Муфтуллаев, районлық МСИ баслығы Б.Абатов ҳәм район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ж.Сейтмуратов, Қоңырат районы медицина бирлеспеси баслығы Ш.Қдырбаев ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

 

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content