13-октябрь Халықаралық тәбиий апатлар қәўипин кемейттириў күни!
Дүнья жүзинде ҳеш бир мәмлекет айрықша жағдайлардан толығы менен кепилленбеген. Себеби, тәбиий апатлар мәўсим, ўақыт таңламайды ҳәм оны басқарыпта болмайды. Бүгинги күнде дүньяның айрым мәмлекетлеринде жер силкиниўлер болса, басқа мәмлекетлерде сел ҳәм суў тасқынлары жүз бермекте. Нәтийжеде көпшилик мәмлекетлер тәбиий апатлардан жәбир шекпекте ҳәм мәмлекетлер экономикасына кери тәсирин тийгизбекте. Сонлықтан дүнья жүзиндеги ири масштабдағы тәбиий апатлардың сапластырыў нәтийжеси соны көрсетеди, олардың ақыбетин жумсартыўдың бирден-бир шешими – халықты тәбиий апатлар ўақтында туўры ҳәрекет етиўге таярлаў болып табылады. Сондай екен, айрықша жағдайлар жүз бергенде әсиресе, тәбиий апатларда туўры ҳәрекет етиўге, оннан қорғаныў қағыйдаларын ҳәр бир инсан өзине жаслықтан өзлестириў лазым.
Сонлықтан, мәмлекетимизде ҳәр жылы “Халық аралық тәбиий апатлар қәўипин кемейттириў күни” кең түрде белгиленип келинбекте.
Республикамыз майданының көпшилик бөлеги сейсмик аймақ екенлигин, жер силкиниў, сел ҳәм суў тасқынлары, топырақ ҳәм қар көшкилери менен байланыслы болған тәбиий апатлар жүз бериўи итималлығын есапқа алып, бизден бул мәселеге кескин итибар қаратыўды, ҳәр дайым сергек болыўды талап етеди.
Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими