Халқымыз арасында бизиӊ минталитетке сай болмаған ҳәрекетлердиӊ алдын алыў, оларды болдырмаў жүзесинен бир қанша иләжлар көрилип атырған бир ўақытта, өзиниӊ унамсыз ис-ҳәрекетлери менен алып барылып атырған иләжлардыӊ көрсеткишине кери тәсирин тийгизип атырған пуқаралар да ушыраспақта.
Атап айтқанда, жынаят ислери бойынша Қоӊырат районы судыныӊ 2022-жыл 27-январь күнги қарары менен, пуқара К.Ю спиртли ишимлик ишиўге берилип кеткени, ҳәр күни спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында үйине келип напақадағы анасыныӊ, қоӊсы-қобаларыныӊ тынышлығын бузып, олардыӊ мазасын алып, ишиўшиликке бийим берген пуқара К.К.ға қарата Өзбекстан Республикасының 2020-жыл
27-октябрь күнги «Наркологик кеселликлер профилактикасы ҳәм оларды емлеў ҳаққында»ғы Нызамына тийкар алкоголизм кеселлигине қарсы мәжбүрий емлеўге жибериў ҳаққындағы Қоңырат РИИБ баслығы тәрепинен келтирилген усынысы канаатландырылып, пуқара К.Ю. Тақыятас районындағы Республикалық руўхый ҳәм неврологиялық диспансериниң наркология бөлимине алкоголизмге қарсы мәжбүрий түрде емлениўге жиберилди.
Ф.Казакбаев
Жынаят ислери бойынша Қоӊырат
районы судыныӊ судья жәрдемшиси