Районымыздағы исбилерменлик субьектлери ўәкиллери менен ушырасып, олардың машқалаларын ҳәм усынысларын үйренди.

Кейинги жыллары елимизде исбилерменлик тараўын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, исбилерменлер ушын қолайлы шараятлалар жаратыў, тараўда жүзеге келип атырған машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша бир қатар реформалар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы саўда-санаат палатасы баслығының 2022-жыл 13-сентябрь күнги “Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда санаат жөнелисине байланыслы арнаўлы лотлар ислеп шығарыў (хызметлер көрсетиў) жәми муғдарына сезилерли дәрежеде кери тәсирин тийгизген кәрханалар” мәселесиндеги селектор жыйналысында берилген тапсырмалардың Қарақалпақстан Республикасында орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде аймақларда шөлкемлестирилген “Киши санаат зоналары”нда жумыс алып барып атырған исбилерменлик субьектлери машқалалары ҳәм усынысларын үйрениў мақсетинде тараў басшылары тәрепинен Республикамыз бойлап аймақларда ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.

Усы мақсетте бүгин, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы исбилерменлик субьектлери ҳуқықларын қорғаў басқармасы баслығы орынбасары А. Сейтеков, Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының исбилерменлик субьектлери ҳуқықларын қорғаў секторы баслығы У.Тәжимуратовлар Қоңырат районы ҳәкими орынбасары И.Бабажанов пенен биргеликте районымыздағы исбилерменлик субьектлери ўәкиллери менен ушырасып, олардың машқалаларын ҳәм усынысларын үйренди.

Skip to content