Тазалық-пәкликтиң белгиси. Өзи жасап турған аймақты азада тутыў ҳәм оның абаданластырыў жумысларына мүнәсип үлес қосыў, ҳәр бир пуқараның жоқары адамгершиликли ўазыйпасы есапланады.
Бүгин Қоңырат районындағы барлық мәҳәллелеринде аймақ пуқараларының қатнасыўында абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Бунда, ҳәр бир пуқара өзи жасап турған турақ жайларының әтирапында тазалаў жумысларын әмелге асырып ғана қоймастан, жәмлескен ҳалда мәҳәллениң абаданласыўына тийкар жаратпақта.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети