[ Фотография ] ТЫНЫШЛЫК УЛЛЫ-НЕЪМАТ

Аллаҳ таала бенделерди жаратып, оларға есап-сансыз неъматлар инам етти. Исаниятқа жақсылық ҳәм бахыт жолларын кѳрсетиў ушын олардың арасыннан пайғамбарлар шығарды. Аллаҳ таала бенделерди Ѳзине ибадат етиў ҳәм буйрықларына бойсыныўға буйырды. Адамлардың бир-бирине жәрдем бериўи, меҳир-мириўбетли болыўы ҳәм ѳз-ара жақсылықлар етиўи олардың бахытқа ерисиўиниң әҳимийетли факторларынан екенин баян етти. Сондай неъматлардың уллысы – тынышлық неъматы. Ислам дини бизди ийгиликке ҳәм тынышлыққа, негизи инсаный пазыйлетлерди асырап абайлаўға шақырады.

Ѳз гезегинде, тынышлық турақлы ҳәм қатаң ҳәрекетти талап етеди. Сергеклик, абайлы болып жасаў – бул бир күнлик яки бир айлық мәўсимли мәселе емес, ал күнделикли ис, күнделикли әмелий ҳәрекет болыўы лазым.

Ҳәзирети Пайғамбарымыз Муҳаммад (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам) ертели-кеш, күни-түн «Ҳәй Аллаҳ, сеннен дүнья ҳәм ақыретте офият бериўиңди сорайман» деген дуўаны оқып жүрген. Офият сѳзиниң кѳп мәниси бар. Тийкарғылары аманлық, парахатшылық, тынышлық-қәтержамлық дегенди билдиреди. Усы кѳз қарастан бәршемиз ҳәр қандай шаңарақта ҳәр қандай жыйын яки мерекеде дуўаға қол ашқанда-жаратқаннан тынышлық ҳәм аманлықты сорап дуўа қылайық.

Рахат Умаров, Қоңырат районы бас имам-хатиби

 

Skip to content