ТАНЫСАМЫЗ : ЎАТАНЫМЫЗДЫҢ ӘЖАЙЫП ТАРИЙХЫЙ ОРЫНЛАРЫ
ҚАПЛАНҚЫР – Түркменстан, Қазақстан, Өзбекстанның Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районы өз -ара шегараласқан аймақта жайласқан. Қапланқырдың арқа бөлеги Үстирт платосына киреди. Ол Арқа -батыстан, Қубла шығысқа 200 км ден артық аралыққа созылған. Ени Қубла шығыстан арқа батысқа 35 км ге кеңейип барады.
Оның қубла бөлиминде Әмиўдәрьяның әййемги өзени жайласқан. Не ушын булай аталған деген сорау туўылыўы тәбийий:Бул жерде бурынлары қапланлар жасаған ,олар териси ушын аўланып, бүгинге келип қырылып кеткен.