Руўхый ағартыўшылық фестивалы

Районымыз бойлап ɵткерилип атырған “Мәнаўият фестивалы” шеңбериндеги илажлар күнниң екинши ярымында Қырық қыз ППЖда жайласқан 31-санлы улыўма билим бериў мектебинде даўам еттирилди.

«Жаңа ϴзбекстанда миллетлер ара татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик» атамасында ɵткерилген үгит-нәсият илажына республикамызға белгили кɵркем-ɵнер шеберлери қатнасты.

Тынышлық , татыўлық ҳәм аўызбиршилик сыяқлы халқымызға тән болған ең ағла пазыйлетлер ҳаққында ɵткерилген сәўбетлесиўден соң, мәденият тараўы хызметкерлериниң атқарыўындағы саз ҳәм қосықлар жыйналғанларға кеўилли кейпият инәм етти.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

 

Skip to content