“Менинг йўлим” жойбары себеп Абат мәнзиллерге жетелеўши жоллар

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрель күнги “Бюджет процессинде пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-5072-санлы қарарына тийкар, Өзбекстан Республикасы Қаржы Министрлигиниң “Ашық бюджет” порталы иске түсирилген еди. Порталда район ҳәм қалалардағы ишки жолларды реконструкциялаў мақсетинде “Менинг йўлим” жойбары иске түсирилип, жеңимпазлар анықланды. Жойбарда Қоңырат халқының ишки жоллар менен байланыслы бир қатар усыныслары жеңиске ерисип, ҳәзирги ўақытта қурылыс-оңлаў жумыслары қызғын даўам етпекте.

Жойбарда жеңимпазлықты қолға кириткен Қоңырат районы “Көкдәрья” АПЖ Қызылкүш аўылы ишки жолларын оңлаў усынысы бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары баслап жиберилди. “Maxsus yól stroy” ЖШЖ менен 284,7 млн сумлық шәртнама дүзилип, кәрхана тәрепинен ишки жолларға қум-шебен араласпасын төсеў жумыслары әмелге асырылмақта.

Жойбардың және бир жеңимпаз усынысы “Туркистан” МПЖ аймағындағы ишки жолларды оңлаў жумыслары да қызғын даўам етпекте. “Maxsus yól stroy” ЖШЖ менен 431,5 млн сумлық шәртнама дүзилип, кәрхана тәрепинен ишки жолларға қум-шебен араласпасын төсеў жумыслары әмелге асырылмақта.

“Қаңлы” АПЖ Жиңишке жап бойындағы жолды реконструкция қылыў мақсетинде Maxsus yól stroy” ЖШЖ менен 213,0 млн сумлық шәртнама дүзилип, кәрхана тәрепинен ишки жолларға қум-шебен араласпасын төсеў жумыслары әмелге асырылмақта.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz

Skip to content