“ЖҮЎЕРИ ГҮРТИК” КҮНИ ЖОҚАРЫ КЕЙПИЯТТА БЕЛГИЛЕНДИ

Миллий үрп-әдет, дәстүрлеримизди, миллий тағамларымызды дүньяға танытыўға қумар Қоңыратлылар да қарақалпақ халқының миллий аўқаты- “Жүўери гүртик” күнин жоқары кейпиятта белгиледи. Район ҳәкимлиги тәрепинен “Ханжап” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Қоңырат Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумында сәнеге бағышланған байрам илажы шөлкемлестирилди.
Онда сөзге шыққан район ҳәкиминиң орынбасары Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Жәмила Аметова ҳәм келген мийманлар бундай илажлардың жасларымызды миллий қәдриятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдағы, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеўдеги әҳмийетине тоқтап өтти.
Техникум жаслары аўызбиршиликли түрде бир- биринен татлы жүўери гүртик тағамларын таярлады. Олардың таярлаған мазалы тағамлары төрешилер тәрепинен баҳаланып, жеңимпазлар ылайықлы хошаметленди. Миллий спорт ойынлары, қол өнери үлгилери көргизбелери ҳәм концерт бағдарламасы байрам қатнасыўшыларына үлкен заўық бағышлады.

 

Skip to content