Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-февраль күни “Аўыл хожалығы егислик майданларының өнимдарлығын арттырыў, тармаққа инвестициялар тартыў ушын қолайлы шараят жаратыў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында”ғы ПП-18-санлы Пәрманының мазмун- мәнисин түсиндириў мақсетинде “бир кесе шай үстинде” ашық сәўбети шөлкемлестирилди. Ушырасыўға нураный дийқанлар, фермерлер, қыйтақ жер ийелери, жаслар ҳәм жас дийқанлар, экспортшылар, кооперациялардың ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыў алдынан район ҳәкими Бекзод Мадаминов шығып сөйлеп, мәмлекетимиз басшысы Ш.М.Мирзиёев тәрепинен аўыл хожалығында алып барылып атырған реформаларға тоқтап өтип, реформалардың логикалық даўамы сыпатында Президентимиз тәрепинен жақында қабыл етилген ПП-18-санлы Пәрманның мазмун- мәнисин түсиндирди. Атап айтқанда, Пәрман менен енгизилип атырған жер ажыратыў ҳәм жерден пайдаланыўдағы жаңа жеңилликлер, жер участкаларының төменлетилген баҳада аукцион саўдаларына шығарылыўы, ижара мүддетиниң создырылыўы, суў тәмийнатының кепиллениўи, егинлерди еркин жайластырыў ҳуқықы сыяқлы бир қанша жаңа тәртиплер, сондай-ақ, ижараға бериўши ҳәм ижараға алыўшының ҳуқық ҳәм миннетлемелерине айрықша тоқтап өтти. Ашық сәўбет нураный дийқанлар, фермерлер, жас дийқанлар ҳәм тараў қәнигелериниң пикирлери тыңланды. Қатнасыўшылар Пәрман менен белгиленетуғын жаңа тәртиплер, жеңилликлер ҳәм жеңилликлерди көтериңки кейпият пенен қабыл етти, айырым дийқаншылық пенен шуғылланып атырған қыйтақ жер ийелери, жаслар усы жердиң өзинде жаңа тәртип тийкарында аукционға шығарылған жер участкалары саўдасында қатнасатуғынын билдирди.
Мағлыўмат ушын: Пәрман менен төмендеги жаңа тәртиплер ҳәм жеңилликлер енгизилмекте: Жерлер контурлар пүтинлигин ҳәм суўғарыў системасын бузбаған ҳалда, 3 гектардан 50 гектарға шекемги өлшемде саўдаға шығарылады; Ҳәр бир лот ҳүжжетинде жердиң норматив баҳасы, бонитет балы, топырақ қурамы ҳәм сапасы анализиниң нәтийжелери, алмаслап егиў усыныс етилетуғын тийкарғы ҳәм тәкирарый егин түрлери көрсетиледи;
Ижара мүддети 49 жыл ҳәм оннан кейин де созыў имканияты бар (алдынғы тәртип бойынша 30 жыл еди);
Аукционда басқа ўәлаяттан келгенлер, алдын жер алғанлар да, қоспа ҳәм шет ел кәрханалары да шеклеўлерсиз қатнаса алады;
Ҳәр бир лот ушын суўдың жыллық ең төмен ҳәм ең жоқары лимити белгиленеди, мәмлекет (Район ҳәкимлиги, Суў жеткерип бериў хызмети) лимит шеңберинде суў жеткерип бериўди кепиллейди;
Жеңимпаз аукционда анықланған баҳаны 15 күн ишинде толық төлеўи шәрт (әмелдеги тәртипте 5 ямаса 10 жылға бөлип-бөлип төлейди.)
Аукцион жеңимпазы төмендеги ҳуқықларға ийе болады:
Егин түри, сорты ҳәм көлемин өз бетинше белгилеў, пахта ҳәм ғәллени тек ғана өзи мақул деп тапқан жағдайда жетистириў;
Ижара ҳуқықын басқа шахсқа сатыў (қайта ижараға бериў), гиреўге қойыў, жерди екилемши ижараға бериў;
Жыллық лимитлер шеңберинде кепилленген көлемде суў алыў;
Атыз шетинде 20 сотыхқа шекем, бирақ контурдың 1 процентинен аспаған бөлегинде жеңил конструкциялы музлатқышлы қоймаханалар, сайлап алыў, қадақлаў орынлары, суўды үнемлейтуғын технологияларды жайластырыў.
Бүгинги күнде усы Пәрман менен белгиленген тәртипте Қоңырат районында жәми 501,8 гектар жер участкалары “e-auksion” саўда платформасында аукцион саўдаларына шығарылды:
“Әдебият” аўыл пуқаралар жыйынынан 75,9 гектар,”Өрнек” аўыл пуқаралар жыйынынан 157,5 гектар ҳәм “Хорезм”аўыл пуқаралар жыйынынан 268,4 гектар жер майданлары “e-auksion” саўдаларына шығарылды.
Илаж қатнасыўшылары өз пикир-усынысларын билдирди.