“Ҳәким ҳәм жаслар” ушырасыўы болып өтти

#Ашық_сәўбет

Бүгин Қоңырат районы ҳәкимлиги мәжлислер залында 30-июнь жаслар күни мүнәсибети менен “Ҳәким ҳәм жаслар” ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда сөзге шыққан район ҳәкими Б.Мадаминов келешегимиз ийелери болған жасларды кирип киятырған 30-июнь жаслар күни байрамы менен қутлықлап, алдағы жумысларында үлкен табыслар тиледи.

Ашық сәўбет тәризинде өткен ушырасыўда жаслар өзлериниң машқалалары менен бир қатарда пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Ушырасыў даўамында “Бес баслама олимпиядасы” шеңберинде спорттың Жеңил атлетика түринен Өзбекстан Республикасы басқышында 1-орынды ийелеген “Киет” АПЖ ҳаял-қызлар командасы район ҳәкимлиги тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Skip to content