Өзбекстанда  халықты  дизимге  алыў  өткериледи.

Халықты дизимге алыўдың тарийхы.

Халықты дизимге алыў әййемги Мыср, Афина, Рим ҳәм Қытайда пайда болған. Халықты биринши мәрте рәсмий түрде дизимге алыў 1790- жылы Америка Қурама Штатларында өткерилген. Кейин ала бул илаж Европа мәмлекетлеринде жолға қойыла баслаған. 1800- жылда Швеция ҳәм Финляндияда, 1801 -жылы Англия, Дания, Норвегия ҳам Францияда өткерилген. Бирақ бул дизимге алыўлар әпиўайы көринисте болып, узақ ўақытты талап еткен. АҚШ та бул жумыслар 18 ай даўамында әмелге асырылған. Екинши жәҳан урысынан кейин халыктың дизимин алыў системасы және де жетилистирилди. 1945-1954 жылларда 151 мәмлекетте, 1965-1974 жыллары 179 мәмлекетте халықты дизимге алыў жумыслары өткерилген. Ҳазирги дәўирде ҳәр бир жәмийетте халықтың дизимин алыў, географиялық жайласыўы ҳәм миллий қурамынан келип шығып, кеминде ҳәр он жылда өткерилиўи тәртипке айланбақта.

 

Халықты дизимге алыўдың зәрүрлиги неден ибарат.

Ҳәммемизге мәлим Өзбекстан Республикасында ғарезсизлик жылларында халықты толық  дизимге алыў өткерилмеди. Бул өз гезегинде халықтын саны, жасы-жынысый ҳәм миллий қурамы, халықтың аймақларда жайласыўы, бәнтлиги ҳаққындағы мағлыўматларды қолланыўда қыйыншылық туўдырады.

Халықты дизимге алыў мәмлекетимизде жасаўшы халықтың жынысы, жасы, шаңарақ жағдайы, мағлыўматы, өмир дәрежеси, жасаў шәраяты, бәнтлиги, миллети, пуқаралығы ҳәм басқа демографиялық, социал-экономикалық қәсийетлери бойынша жеке тәртипте есапқа алыў ҳәм толық характерлеў имканиятын береди ҳәм бул көрсеткишлер келеси 30 жыллық  раўажланыў прогнозын белгилеўде беккем тийкар болып табылады, аймақларды раўажландырыў ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына жәрдем көрсетиў бойынша ис илажларды белгилеп алыўда исенимли мағлыўмат базасы болып табылады.

 

 Халықты дизимге алыўдың басқышлары.

Республикамызда 2022-жылда халықты дизимге алыў ислери шет ел мәмлекетлери тәжирийбесинен келип шығып уш басқышта әмелге асырылады.

Биринши басқышта мәлимлеме түсиндириў жумысларын алып барыў, дизимге алыў жумысларын шөлкемлестириў ушын тийисли имарат, транспорт ҳәм байланыс қураллары менен тәмийнлеў, басқа да шөлкемлестириў мәселелери  көрип шығылады.

Екинши басқышта тиккелей халықты дизимге алыў ислери алып барылады.

Үшинши басқыш дизимге алыў материалларын кодлаў, автоматластырылған қайта ислеў ҳәм мағлыўматларды жәриялаўды өз ишине алады.

 

Илаждан күтилип атырған нәтийжелер.

Халықты дизимге алыўда сырт ел тәжирийбеси, заманагөй технология ҳәм методикалардан пайдаланған ҳалда мәмлекетимизде жасаўшы халықтың жынысы, жасы, шаңарақ жағдайы, мағлыўматы, өмир дәрежеси, жасаў шәраяты, бәнтлиги, миллети, пуқаралығы ҳәмде басқа демографиялық, социал-экономикалық қәсийетлерин анық есаплап шығыў ўазыйпасы қойылған.

Буның натийжесинде халықтың жасаў жағдайы, бәнтлиги, жумыс орынларын жаратыў, турақлы раўажланыў миллий мақсетлери индикаторын ислеп шығыў, мийнет ресурслары жайласыўы ҳәмде олардан пайдаланыў процесслерин уйрениў бойынша ҳүкиметтиң узақ ҳәм қысқа муддетли социаллық-экономикалық раўажланыў бағдарламалары ислеп шығылады.

Басқаша айтқанда, халықты дизимге алыў тек ғана статистикалық мақсетлер ушын хызмет етип қалмастан, мәмлекеттиң социал-экономикалық жағдайын анықлаўда да үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

 

 

Skip to content