Халық пенен байланыс орнатыў, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларды шешиўдиң нәтийжели механизми ҳәм усылларының енгизилгени мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың тийкарғы бағдарына айналды.Адамлардың дәртин тыңлаў, аўырын жеңил етиў журтласларымыздың әдалатқа, мәмлекетке болған исенимин беккемлеўге хызмет етпекте.Халықтың машқалаларын мәнзилли үйрениў ҳәм оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў мақсетинде сектор баслықларының көшпели қабыллаўлары турақлы өткерилмекте. Қоңырат районы 1-сектор баслығының “Ханжап” МПЖ дағы нәўбеттеги көшпели қабыллаўында келип түскен ҳеш бир мәселе итибарсыз қалдырылмады. Ҳәким орынбасарлары, шөлкем ҳәм мекемелер басшыларының қатнасыўында өткерилген бул қабыллаўда мүрәжат етиўшилердиң шағымлары ҳәм усыныслары үйренилип, машқалалардың шешими қадағалаўға алынды.