Халықты дизимге алыў қандай әмелге асырилады ҳәм бизге не береди?

Халықты дизимге алыў үш басқышда әмелге асырылады. Бириншиси, таярлық басқышы болып, үш жылға жақын ўақыт даўам етеди. Екиншиси, тийкарғы басқыш болып, бунда тиккелей халықты дизимге алыў әмелге асырылады, яғный халық ҳаққындағы мағлыўматлар жыйналады, қадағалаў тексериўи өткериледи ҳәм халықты дизимге алыў материаллары тапсырылады. Бул шама менен еки ай мүддетти қурайды. Соңғы басқыш дерлик үш жыл даўам етип, алынған мағлыўматлар кодластырыў жәрдеминде анализ етилип, нәтийжелер дағаза етиледи.
Халық санын дизимге алыў мәмлекетте жасаўшыларға тийисли болған демографик, економикалық және социал мағлыўматларды жыйнаў, улыўмаластырыў, баҳалаў, анализ ҳәм жәриялаўдың бирден-бир процеси болып табылады. Ол халық ҳаққындағы мағлыўматлардың тийкарғы дәреги болып, келеси
10-20 жыллық раўажланыўдың прогноз көрсеткишлерин есаплаў ушын исенимли тийкар болады. Халық миграциясы ҳәққындағы мағлыўматлар қәлиплестиреди.
Өз гезегинде, аймақларды социаллық-економикалық раўажландырыў, халық бандлиги, ҳаяллар ҳәм балалар саламатлығын жақсылаў ҳәм шаңарақларға жәрдем көрсетиў бойынша программаларды мәнзилли ислеп шығыўда информация ўаормасында пайдаланылады. Халық санын исенимли есаплаў бойынша рәсмий статистика системасында тийкарғы ролъ ойнайды.

Skip to content