Көшпели қабыллаў: ҳәр бир мүрәжат итибарда

Халықтың машқалаларын мәнзилли үйрениў ҳәм оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў мақсетинде көшпели қабыллаўлар турақлы өткерилмекте.

Қоңырат районы ҳәкими Б. Мадаминовтың нәўбеттеги көшпели қабыллаўы барысында пуқаралар тәрепинен келип түскен ҳеш бир мәселе итибарсыз қалдырылмады.
Район ҳәкими, шөлкем ҳәм мекемелер басшыларының қатнасыўында өткерилген бул қабыллаўда мүрәжат етиўшилердиң шағымлары ҳәм усыныслары ҳәр тәреплеме үйренилип, машқалалардың шешими бойынша тийисли уйымларға тапсырмалар берилди.

Skip to content