Өзбек әдебиятының көрнекли ўәкиллеринен бири, белгили шайыр Зульфия Исроилова 1-март күни дүньяға келген. Быйыл оның туўылғанына 109 жыл толды. Сәне мүнәсибети менен Қоңырат районында кең көлемли илажлар болып өтти.
Мәденият сарайында болып өткен әдебий кешеде атап өтилгениндей, шайырдың дөретиўшилиги бәҳәр, пәклик, мухаббат, садықлық тымсалы сыпатында халқымыздың жүрек төринде мәңги сақланып қалады.
Шайырдың шығармаларынан дөретилген музыкалы композиция илаж қатнасыўшыларында үлкен тәсирлер қалдырды.