Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң 67- сессиясы болып өтти.Сессияға Халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутатлары, сектор баслықлары, мекеме, кәрхана, өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықлары қатнасты.
Сессияны Қоңырат районы ҳәкими, Халық депутатлары районлық Кеңесиниң баслығы Б.Мадаминов ашты ҳәм алып барды.Сессия күн тәртибинде мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен 2023-жылы әмелге асырылған жумыслар, Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң 2023-жыл 14-июльдеги “Қоңырат районы ҳәкимлигиниң жер фондында болған жерлерде “Жасыл бағлар жаратыў ҳаққында”ғы VI-59-69-13-185-K/23-санлы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў,район хәкимлигиниң жер фондында болған жерлерде “Ҳәкимлик бағы”,”Жасыл белбеў””Жасыл бағлар”жаратыў, Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесине сайлаў өткериўши Қоңырат районы сайлаў комиссиясы қурамын тастыйықлаў,районды жумыссызлықтан ҳәм коррупциядан аўлақ аймаққа айналдырыў ҳәм сектор баслықлары тәрепинен мәҳәллелерде жумысларды шөлкемлестириў илажлары, 5-басқыш”Ҳаяллар дәптери”н тастыйықлаў, жергиликли бюджет қәрежетлериниң 2023-жыл IV шерек режесине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы мәселелер додаланды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының 3024-жыл 30-январьдағы КҚ-666-IV-cанлы қарарына тийкарланып, “Басламалы бюджет “процесслерин қаржыландырыў тәртиби ҳаққында”ғы Нызам ҳәи исши комиссияның жаңаланған қурамын тастыйықлаў ҳаққында,Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Кеңесиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң 2023-жыл 13-декабрьдеги 37-87-IV/КҚ-642-IV-cанлы Қоспа қарарының орынланыўы,жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийнлеў бойынш 2024-жылға мөлшерленген бағдарламаны тастыйықлаў,”Жаслық”ППЖ аймағындағы көп қабатлы көп турақ жайларға хызмет көрсетиўши “Тулей” жеке турақ жайлар ийелериниң қарыздарлық деп табылған қарыздарлығын сөндириў ҳәм дүзилген дәлалатнамаларды тастыйықлаў,Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 18-январь күнги “Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибин жетилистириў ҳаққында” ғы ПФ-15-санлы Пәрманының орынланыўы бойынша Қоңырат районында экспортбап өнимлерди жетистириўге бағдарланған дийхан хожалығын шөлкемлестириў ушын электрон онлайн аукционға шығарыў бойынша таярланған жойбарларды тастыйықлаў,”Мәҳәлле”қайырқомлық жәмәәтшилик фондына түскен қаржыларды мақсетли сарыплаў,секторлар кесиминде “Темир дәптер”тийкарында әмелге асырылған ислер ҳаққындағы мәселелер қөрип шығылды.Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.