Президентимиздиң журтласларымызға үмит ҳәм исеним берген бул сөзлери бүгин Қоңыратлылардың да турмысына жаңаланыў, өзгерислерди алып келмекте.Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 13-июль күнги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 228-санлы қарарына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасындағы 452 ,соның ишинде Қоңырат районындағы 39 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларының ҳәр бирине 500 млн сумнан қаржы ажыратылған еди.Усы қаржы есабынан Қоңырат районындағы “Түркистан” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Түркистан” көшеси жолының 1 км 120 метр аралығына қара асфальт қапламасы төселди. Район ҳәкими Бекзод Мадаминов көше бийлери менен ушырасып, жол қурылысы жумысларының барысы менен танысты.