Қоңыратта “ақ алтын”мәўсимине кирисилди:дәслепки пахта кәрўаны  атландырылды

Район дийханлары жаңа мәўсимге ҳәр қашанғыдан да пухта таярлықлар көрди.Ерте бәҳәрде  4 мың 700  гектар майданға шигит егилген болып, район пахтакешлери тәрепинен мәмлекетке 11280 тонна ақ алтын тапсырыў нәзерде тутылған.Пахтакешлер ушын жуўапкершиликли ҳәм жыл басынан бери мийнетиниң жемисин көриўден алдын теримге старт берилди.Пахта жүкленген кәрўанлар “Қоңырат пахта кластери”ЖШЖ не қараслы пахта қабыллаў пунктине жол алды. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Д.Қайпов,Республикадан келген исши топар ўәкиллери, сектор баслықлары пахтакеш дийханларды өз маңлай терлери менен жетистирген,бир қанша агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлап,зүрәәтти жыйнап-терип алыўдай жууапкершиликли мапазға жетип келгени менен қутлықлады ҳәм бар күш-ғайратын өнимди жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмай жыйнап алыўға сарыплаўға қаратыўын тиледи.Бириншилерден болып пахта кәрўанын баслап берген фермерлерге қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.Нураныйлардың қырманға берекет тилеген пәтиясы менен  дәслепки пахта шийки заты өнимлери тәрези тасын басты.

 

Skip to content