Ҳүкиметтиң 23.03.2023 жыл күнги 122-санлы қарары менен тастыйықланған режеге тийкар, жер участкасын аукцион арқалы сатып алыў қәрежетлеринен келип шыққан ҳалда, шаңарағы қурамында майыплығы болған шахслар санына қарамастан БЕМның 100 есеси (33 миллион сум) ға шекемги муғдарда бир мәртелик төлем ажыратылады.
Бунда жеңилликли категориядағы шахслар төмендеги нормаларға туўра келиўи керек:
соңғы 12 ай даўамында өзи ямаса шаңарақ ағзаларының атында жасаў ушын мөлшерленген турақ-жай ямаса жер участкасы бар болмаўы;
жер участкасы ақырғы 3 ай ишинде аукцион арқалы сатып алынған ҳәм Өзбекстан аймағында болыўы;
майыплығы бар шахс деп табылған, сондай-ақ, «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери»ниң биреўинде турған болыўы керек.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети