Бүгинги күнде Қоңырат районы аймағында турақлы жасаўшы 3-7 жас аралығында 9970 бала бар болып, соннан 8990 бала мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алынған ҳәм өткен жылға салыстырғанда балаларды қамтып алыў көрсеткиш 0.5% пайызға өскен.
Усы орында айтып өтиў орынлы, 2017-жылы балаларды қамтып алыў көрсеткиши 47,7 пайызды қураған болса, бүгинги күнге келип бул көрсеткиш дерлик еки есеге өсип, 90,2% пайызға жеткерилген.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети