Ең жақсы фоторепортаж ушын ӨзА фотографы Мақсет Ҳабибуллаевқа «Алтын қәлем» сыйлығы тапсырылды. Оған сыйлықты Өзбекстан хабар агентлигиниң баслығы Абдусаид Кўчимов тапсырды.
Өткен 2023-жылдың октябрь айында фотохудожник М.Ҳабибуллаевтың қарақалпақстанлы аўыл ҳаялларының турмысын өзинде сәўлелендирген дөретиўшилик шығармаларынан ибарат «Қәдири бәлент аўыл ҳаялы» темасындағы жеке көргизбеси усынылған еди. (https://kknews.uz/kk/119196.html)
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети